EPISODE · Aug 27, 2022 · 4 MIN
Qoraqalpoq Sajda Qo'shig'i - "Bu dunyoda".3gp / Қарақалпақша табыну жыры - "Бул әлемде".3gp
from ==="Hayot so'zlari", "Xushxabar", "Xushxabar qo'shiqlari" - O'zbekistonda gapiriladigan asosiy tillar / Ҳаёт сўзлари?, ?Хушхабар?, ?Инжил қўшиқлари? ? Ўзбекистонда сўзлашадиган асосий тиллар === · host Uzbek Words of Life No.1
Karakalpaksha worship song - "In This World".3gp / Каракалпакская поклонения Песня - "В этом мире".3gp // КОР. 1-Х. 15 - Масихтың қайта тирилиўиҳаққында1. Туўысқанларым, мен сизлерге жәриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қәлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳәм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп атырсызлар. 2. Егер сизлер мен өзлериңизге жәриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар.3. Өзим алған ең әҳмийетли нәрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди. 4. Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди. 5. Ол Кифаға, кейин он еки шәкиртине көринди. 6. Соңынан бир ўақыттың өзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға көринди. Олардың көбиси еле тири, базылары қайтыс болды. 7. Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге көринди. 8. Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да көринди. 9. Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Қудайдың жәмәәтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен. 10. Бирақ, мен ҳәзир ким болған болсам, Қудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳәммесинен көп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Қудайдың мийрими мийнет етти. 11. Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нәрсе ҳаққында жәриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз.
Embed this episode
Ready to play
Qoraqalpoq Sajda Qo'shig'i - "Bu dunyoda".3gp / Қарақалпақша табыну жыры - "Бул әлемде".3gp
No transcript for this episode yet
Similar Episodes
No similar episodes found.
Similar Podcasts
No similar podcasts found.