EPISODE · Aug 27, 2022 · 1 MIN
Qoraqalpoq - "Ustozimiz Iso".mp3 / Қарақалпақша - "Устазымыз Иса".mp3
from ==="Hayot so'zlari", "Xushxabar", "Xushxabar qo'shiqlari" - O'zbekistonda gapiriladigan asosiy tillar / Ҳаёт сўзлари?, ?Хушхабар?, ?Инжил қўшиқлари? ? Ўзбекистонда сўзлашадиган асосий тиллар === · host Uzbek Words of Life No.1
Karakalpak - "Jesus Our Teacher".mp3 / Каракалпакский - "Иисус Учитель наш".mp3 // ЮХАН 11. Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди. 2. Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди.3. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес. 4. Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди. 5. Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады.6. Қудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди. 7. Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм ҳәмме ол арқалы исениўи ушын келди. 8. Оның өзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди. 9. Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди.10. Сөз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады. 11. Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди. 12. Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди. 13. Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Қудайдан туўылды.14. Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийрим ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик.15. Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди:– «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы. 16. Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық. 17. Өйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масих арқалы келди. 18. Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ Оны Әкениң қушағындағы Өзи Қудай болған жалғыз Ул танытты.
Embed this episode
Ready to play
Qoraqalpoq - "Ustozimiz Iso".mp3 / Қарақалпақша - "Устазымыз Иса".mp3
No transcript for this episode yet
Similar Episodes
No similar episodes found.
Similar Podcasts
No similar podcasts found.